Ubay — Нөкис ушын дүзилген ақыллы такси хызмети. Ең жақын машина, ашық баҳа ҳәм ҳадал хызмет — бир түйме арқалы.
Буйыртпа ҳайдаўшы белгилеген 1–3 км ишинен ғана келеди. Алыстағы машина ушын күтпейсиз.
Ҳайдаўшыда қабыл етиў ушын 10 секунд бар. Бас тартыў жазаға алып келмейди — буйыртпа дәрҳал кейинги ҳайдаўшыға өтеди.
Ҳеш ким қабыл етпесе, «жақын әтирапта бос машина жоқ» деп рас айтамыз. Бийкарға күттирмеймиз.
Радиусты өзиңиз таңлайсыз, буйыртпадан бас тартыў ушын жаза жоқ. Тек жақын ҳәм пайдалы сапарлар.
Қайдан ҳәм қайда барыўыңызды белгилең.
Баҳаны алдын ала көресиз — жасырын төлем жоқ.
1–3 км ишиндеги ҳайдаўшы буйыртпаны алады.
Машинаны картада бақлаң ҳәм қәўипсиз жетиң.
Клиент ҳәм ҳайдаўшы иловалары App Store ҳәм Google Play-ге шығады. Биринши болып билиў ушын хабар қалдырың.
ТЕЗ АРАДАҲәзирше Нөкис қаласында иске түсирилмекте. Кейин Қарақалпақстанның басқа қалаларында да хызмет көрсетемиз.
Сиз машинаны узақ күтпеўиңиз ушын. Ҳайдаўшы да алысқа бос жүрмейди — бул ҳәммеге пайдалы.
Нақ ақша ҳәм банк карталары арқалы. Баҳа буйыртпадан алдын көрсетиледи.
Айдаўшылық гуўалығы, техникалық жақтан саз машина ҳәм смартфон. Төмендеги формаға арза қалдырың — биз сизге байланысамыз.
Усыныс, шағым, ҳайдаўшы болыў арзасы ямаса серикласлық — жазың, тез жуўап беремиз.
Хабарыңыз жиберилди. Тез арада байланысамыз.